Polat wrote:Бир күни Өмекең Хийўаның базарында турса, хийуалылар Өмирбекти танып оның сөзден жеңилмеген лаққы екенин сөз етипти. Буны еситкен бир қўақы сарт гәп жарыстырғысы келип Өмекеңниң қасына келип көлеңке тәрепине шығып турып алыпты. Өмекең ири денели адам болған қасында турған сартты көп ўақытқа шекем байқапты. Көрип қалған ўақытта одан:
- Ҳә сарт, не ислеп турыпсаң – деп сорапты Өмирбек.
- Ҳов, бир ғалпақтың шертегиниң тейинде саяда дурман да – деп жуўап берипти сарт.
Өмекең бул сөзден кейин қарап турмай жуўан жудырығы менен сарттың басына бир урыпты. Жерге жалп ете қалған сарт:
- Ҳов, ғалпақ бул нә иди? Вай – вай башым ай – десе.
- Әй сол қалпақтың шертегиниң бақаны тайып кетип сениң басыңа тийди-аў деймен!!! – деп жуўап берген екен.
Содан кейин хийўалылар «Қарақалпақлар менен сөз жарыстырма – жағыңнан айырыласаң» дейди екен.
Теперь будем знать что с каракалпаками надо шутить осторожно.
Что значит лаккы на каракалпакском? у нас такого слова нет
у нас есть слово Әккі означает жутко хитрый
еще что у вас означает ичиг? у нас ішік это тулуп из меха